Қанлыкөл районы турғынларының 7 усынысы "Ашық бюджет" порталында жетерли даўыс топлап, жеңиске еристи ҳәм «Пуқаралар басламасы қоры есабынан» қаржыландырылыўы белгиленди



Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-апрель күнги "Бюджет процессинде пуқаралардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында"ғы ПҚ-5072-санлы қарарына тийкар, Өзбекстан Республикасы Қаржы Министрлигиниң "Ашық бюджет" порталы иске түсирилген еди.

2022-жыл 1-ярым жыллық ушын районымызда “Пуқаралар басламасы қоры”на 2021-жыл “Пуқаралар басламасы қоры” қаржыларынан қалдық ҳәм үнемленген қаржылары есабынан 509, 8 млн.сўм, 2022-жылғы район жергиликли бюджетиниң тастыйықланған улыўма қәрежетлериниң 2, 5 пайызы есабынан  1 млрд 803, 8 млн.сўм ҳәм жыл басына қәлиплескен қосымша дереклер есабынан 3, 6 млн.сўм жәми 2 млрд 317, 3 млн.сўм қаржы жөнелттирилди.

Ашық бюджет порталында даўыс бериўдиң жуўмақлаўшы басқышы усы жылдың 1-апрель сәнесинде жуўмақланды. Районымыз бойынша "Ашық бюджет"  мәлимлеме порталы арқалы пуқаралар тәрепинен жәми 606 усыныслар келип түсип,  усыныслар исши комиссия тәрепинен үйренилип,  300 усыныс белгиленген критерияға сәйкес келмегенлиги себепли қабыл етилмеди ҳәм 306 усыныслар даўыс бериў басқышына өткерилди. Бул басқышта районымызда пуқаралар тәрепинен усынысларға жәми 18 044 даўыслар берилди.

Даўыс бериў жуўмағына көре төмендеги 7 усыныс ең көп даўыс топлап «жеңимпаз» деп табылды: Атап айтқанда

1.      “Қосжап” аўыл пуқаралар жыйыны аймағына балалар ушын жасалма қапламалы футбол стадионы (газон) қурыў усынысы 3 230 даўыс.

2.      “Мәденият” мәкән пуқаралар жыйыны Наўрыз көшесин асфалтлаў усынысы 2 841 даўыс.

3.   Районымызға көшпели мобил автобус поликлиника портатив рентген аппаратын алыў усынысы 2 267 даўыс.

4.   “Дослық” мәкән пуқаралар жыйыны Парахатшылық көшесине қара қапламалы асфалт жайыў усынысы 1 854 даўыс.

5.   “Бостан” аўыл пуқаралар жыйыны Журт келешеги көшесине газ тармақларын тартыў усынысы 1 472 даўыс.

6.   “Қосжап” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Пайызлы көшесине газ тармақларын орнатыў усынысы 1 459 даўыс.

7.      “Мәденият” мәкән пуқаралар жыйыны Жеткиншек көшесине ШПС төгиў усынысы 934 даўыс топлап жеңимпаз деп табылды.

Жоқарыдағы жеңимназ деп табылған усынысларға "пуқаралар басламасы қоры" қаржылары есабынан қаржы ажыратылыўы белгиленди.

Районымыз турмысына бийпарўа болмай, даўыс бериў процессине белсене қатнасқан бәрше Қанлыкөлшилерге район ҳәкимлиги атынан миннетдаршылық билдиремиз.

Сондай-ақ, 2-мәўсим "Ашық бюджет" порталына усыныс киритиў ҳәм даўыс бериўге июль айында старт бериледи.

 

Қанлыкөл районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети