2020-жыл 30-октябрьдеги «Саламат турмыс тəризин кең ен жайдырыў ҳəм ғалабалық спортты жəне де раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы Президент Пəрманының орынланыўын тəмийинлеў мақсетинде, Қанлыкɵл районы Финанс бɵлими хызметкерлери арасында спорт илажлары шɵлкемлестирилмекте.
Мақсет – жоқарыдағы Президент Пəрманында белгилеп берилген ўазыйпаларды турмысқа енгизиў, тараў хызметкерлериниң кəсиплик активлигин асырыў ҳəм мəкемелер арасында усы сыяқлы спорт илажларын жийи-жийи шɵлкемлестириў арқалы спорттың ғалабалығына ерисиўден ибарат.