Қанлыкөл районында социаллық жағдайды жақсылаў ҳәм экономикалық потенциалың асырыў барысында алып барылып атырған илажлар шеңберинде 2018-жылдың 1-ярым жыллығында өнимлерди экспортқа шығарыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Өнимлерди экспортқа шығарыў бойынша 2017-жыл даўамында 5 кәрханалар тәрепинен жәми 155,1 мың АҚШ доллары муғдарындағы өнимлер экспортқа шығарылған.
2018-жылдың 6 айы даўамында жаңадан 3 экспортер кәрхана шөлкемлестирилди ҳәм район бойынша 7 кәрхана тәрепинен 604,2 мың АҚШ доллары муғдарында өнимлер экспортқа шығарылды.
Өнимлер тийкарынан Қытай, Нигерия ҳәм Европа мәмлекетлерине экспортқа шығарылмақта.