blog image

Мәмлекет гранты тийкарында оқыған студентлер сынаў мүддетисиз жумысқа кириўи мүмкин

Ендиликте жоқары оқыў орынларын мәмлекет гранты тийкарында тамамлаған студентлер, дәслепки сынаў мүддетисиз жумысқа кире алады. Бул норма Мийнет кодексиниң 129-статьясында (https://t.me/huquqiyaxborot/12625) нәзерде тутылған.

☝️ Бирақ, бул жеңиллик тек мәмлекет гранты тийкарында ЖООны тамамлаған студентлерге қәнигелиги бойынша биринши мәрте жумысқа кирип атырғанда ғана әмел етеди. (https://t.me/dembermes_uz/4281)

? Яғный егер мәмлекет гранты питкериўшиси биринши рет дәслепки сынаў мүддетисиз жумысқа алынса ҳәм ол жумыстан кетип, басқа жумысқа кириўши болса, оған салыстырғанда бул жеңиллик әмел етпейди.

Skip to content